Бул Қудай жаратты ғой аспан-жерди, Бул Қудай жаратты ғой адамзатты, Адамзат дүнъяның соңынан ерип, Алданып қалған екен өткиншиге. Бауырым тур орныңнан аш көзиңди, Бизлерге Қутқарыўшы Масих келди, Ол биз бенен мәңги бирге болар екен, Егер биз тәўбе қылып барсақ Оған. Тәңирим сүйер екен мәңги бизди, Өз қанын төгип кетти гүна ушын, Бизлерди тазалады Ол гүнадан, Қутқарды бул дүнъяның азабынан. Масихым алғысым көп мениң Саған, Сен ашқан жолың менен бараман Саған, Қолың менен жетелеши-ай, Қудай Улы, Атаммен жарасыршы манги бизди Адамзат аш көзиңди, көр Қудайды, Биз ушын жалғыз Улын берди Қудай, Адамзат көрмейсең бе Қудай меҳрин? Тас болып қалған ба екен жүреклери?Dupa două mii de ani ạ̉frạḥnạ mʿạk Hoy Venimos Cual Hermanos Христос приди как в дни былые 나의 마음을 정금과 같이 Күч-қудрәтниң егиси Hands and Feet Van my Toontjie tot my Kroontjie Кутсал Баба Гьоксел Баба Махни се, сатано
Song not available - connect to internet to try again?