// Ийса Масихым, Сен мени сүйдиң, Көктен жерге келип, атанақта қан төктиң. Гүнадан қутқарыў ушын, өлимди жеңип шықтың, Мениң қылған гүналарымды атанаққа тапсырдың! // Ийса - Сени алғыслап, мен Әкеме шүкир айтаман, Мәңгилик Оның атын жүрегимде алғыслайман! Мени жалғыз қалдырмадың мәңгиликке шақырып, Мухаддес Руўхты жиберип Әкемнен алып бердиң. Ийса - Сен мениң Ийемсең, өзиме тийсли емеспен, // Қутқарыўшым, меҳрибаным, журектен Сени, Сени сүйемен! // Мәңгиликке биз бенен бирге жубатыўшы Руўхың менен, Бирге болып басқар бизди Қутқарыўшы - Масихым! Қыйналғанлар, шаршағанлар, көзлеринен жас аққанлар, Жубаныш таппай адасқанлар, келиң бәриң Ийсаға! // Досларым - деп, Ол сизлерди, көз жасларыңды артты, Жубаныш берип жүрегиңизге, мәңгиликке басқарды! //Hallowed be Thy Name У дверей неба yạ sydy ạlḥbyb kạ̉sy fạḍ Ruh'un Gücüyle Pred Tvoju tvár, môj Ježiš THE SECOND COMING OF CHRIST Ez a szó, szeretet Знаю я: Он Спаситель İsa Məsih Allahın sözü
Song not available - connect to internet to try again?