Көзлеримнен жасларым ағып, Әкежаным Сенен тилеймен. Мен отырман аяқ-қолым ләң болып, Тилегим сол Өзиң шыпа бергейсең! Төсекте мықланып отырғанымды, Әежаным Өзиң көрип турыпсаң, Соранаман Ийса-Масих арқалы, Тезирек шыпаңды бергейсең маған! Тәўбе қылдым кешир гүналарымды, Әкежаным тилегимди қабыл еткейсең, Соранаман Ийса-Масих арқалы, Әкежаным Өзиң шыпа бергейсең! Әкежаным Өзиң шыпа бергейсең! Әкежаным меҳриңди аяма, Мен де аяғымнан турып кеткеймен! Көрсеткейсең Өзиң кәраматыңды, Жерди басып мен де журип кетейин. Әкежаным Өзиңниң қәлеўиң болсын, Шыпаңды бергейсең журип кеткеймен, Атыңды уллылап барҳәмә Сениң, Сениң Сөзлериңди айтып журейин!Övgünü Yükselt Mesih'e Njoni Wenye Dhambi Seigneur, grand Dieu Jesus At Your Name msẖ mhm Milostí jen (Only By Grace) مادد إيدك Кто я Что Ты Творец меня создал Биз учрашамиз حولنا عنك عينينا
Song not available - connect to internet to try again?