Қиналғанның бири мен, сөйлетпеди тилимнен, Мәдет таппай жуырдым, Әкем-Сенсиз болғанымда! Мойынтурық мойынымда, тузақ қурды сум-шәйтан, Тарталмадым, қиналып Әкем - Сенсиз болғанымда! Билгенимнен айырды, қәддимди әбден майырды, Салып қойды темир торға, Әкем-Сенсиз болғанымда! Қудай бар ма; изледим мен, көп қиналып шаршадым мен, Қутқарушым сол уақытта, саз әкелди Өзиңнен! Қутқарушым келди жетип, жарық қылды әлем жузин, Шөллегенге суын берди, Әкемменен болғанымда! Нала еткен перзентиңди, қутқардың Сен раһимлеп, Қаныңменен тазаладың, Өзиңменен болғанымда! Руһыңиенен ояттың Сен, көрсеттиң туры жолыңды, Аспаннан сыйлық әкелдиң, Өзиңменен болғанымда! Еркиңе Сениң бағындым, тек Өзиңе табындым! Мейирим етип басқардың, Өзиңменен болғанымда! Сен болып мен сөйлейин, әлемге жайылсын һабарың, Сен болып мен журейин қутқарылсын таңлағаның! Әлем жузин айланайын, Хош-Һабарды тарқатайын, Куш бергин Сен - Әкежаным, Өзиңменен мен болайын! // Аспан менен жердиң гилти; қолыңда Сениң - Әкежаным! Өзиңменен һәмме болсын Қутқарылсын әлем-жузи! //Komm jetzt ist die zeit Náš život jako letní den zài shēn yè lǐ shéi tà zhe làng Одного прошу Господи Alleluia (in questo luogo) Love without measure Korkma Datang, Ya Datang Roh Kudus Христос основа Церкви Славьте радостно Христа
Song not available - connect to internet to try again?