Еки мың жыл өтип кетти арадан, Қутқарыўшы туўылғалы анадан, Дүнъя Оны танымады, билмеди, танығанлар мәңги бирге журеди Топырақтан, адамзатты жаратқан, бул, Қудайдың қүдирети емес пе? Қудай - Сөзи, адам болып келипти, бул да, болса, Қудайдың бир - қүдирети! Қанша халық, өтип кетти дүнъядан, Ийса - Сөзин еситкенше, билгенше Қанша әсир өтип кетти арадан, Ийса - Сөзи бизге жетип келгенше! Гүналыман Әкежаным алдыңда, Улың - барын, еситпедим, билмедим, Улың - барын еситкенде - Әкежан, исенбедим, ҳәтте көзге илмедим. Қыйын болды-ау қабыл қылыу Ийсаны, пайғамбары Ол орыстың, дегенмен, Ҳақыйқатлық жеңип шықты бирақ та, Ҳақыйқатты кейинирек билгенмен. Қуўаныш пенен қабыл қыл сен, ҳәй, халкым, бул жаңалық жетип келди бизге де, Қудайыма мың-бир шукир айтаман, Қудай Улын таныстырды бизлерге! Өткен кунге ой жиберип ойласам, нәзер салып артыма мен қарасам, Журеклерим езиледи-ау, Әкежан, гүна деген батпаққа мен батыппан! Сол батпақтан Ийса мени шығарды, жол көрсетті Қуддыс деген қалаға, Шукир айтып аспандағы Әкеме, сыйынаман бугин менде Ийсаға! Өмиримде өлиминде Ийсаның, пайғамбарлар айтып кеткен алдынан, Азап шекти букил дүнъя халқы ушын, айналайын Ийса деген атыңнан! Шаршамастан душпанменен айқасты, аспандағы жәннет деген жер ушин, Атанақта қанын төкти пүткил ел ушин, сол қанының бир тамшысы мен үшин! Сөзлериңди журегиме жайластыр сындырайын душпанның мен қылышын, // Қалай етсем қалай қылсам ақларман, Атанақта төккен қанның сол тамшысын. //我听到了远方的呼声 Halleluijah Amen ميلادك ياربي تاندادىڭ سەن بئزدى ار ەلدەردەن Do tmy na svet Cristo Padecio Okla chi kanima hokʋt Glory in the Highest Ким сусајыб, ҝəлиб ичсин La paz de Jesús
Song not available - connect to internet to try again?