Өмир суўы, Ийса - Өзи, шөллеп қалсаң, келши достым. Өмир наны, Қудай - Сөзи, ашырқасаң, келши достым! // Ийса кирсин журегиңе, қабыл ет сен, тәўбе қыл, Қутқарады - Ол, сени де, исенимде беккем тур! // Соранаман, келши - Ийса, журеклерге, кирши - Ийса! Патшалықты - қурып онда, қуўанышқа толтыр - Ийса! // Қуўанайық, шадланайық, Өзиңменен биргеликте, Исенимде, беккем турайық, Сен - айналып келгениңше! // Қараңғыда жарқыраған, жулдызымсың Ийса - Өзиң! Айдын жолда жетелеуши, Жолбасшымсаң, Ийса - Өзиң! // Сөзлериңди уйретуши, Устазымсаң, Ийса - Өзиң! Мени қайта тәрбиялауши, Тәрбияшымсаң, Ийса - Өзиң! // Жаманлықтан, нәпәкликтен, Қорғаўшымсаң, Ийса - Өзиң! Дәртлеримди дауалауши, Шыпакерсең, Ийса - Өзиң! // Журегимде бағ орнатқан, Бағбанымсаң, Ийса - Өзиң! Отлақ-жерде жайлау еткен, Шопанымсаң, Ийса - Өзиң! //Santo Spirito Святыня вечная Angin Ribut Menyerang My Jesus, As Thou Wilt غيرة الرب Nasiel si ma Pastieru Взлететь يا إلهي يا حبيبي Только Иисус يا عجيبا مشيرا
Song not available - connect to internet to try again?