Көзлеримнен жасларым ағып, Әкежаным Сенен тилеймен. Мен отырман аяқ-қолым ләң болып, Тилегим сол Өзиң шыпа бергейсең! Төсекте мықланып отырғанымды, Әежаным Өзиң көрип турыпсаң, Соранаман Ийса-Масих арқалы, Тезирек шыпаңды бергейсең маған! Тәўбе қылдым кешир гүналарымды, Әкежаным тилегимди қабыл еткейсең, Соранаман Ийса-Масих арқалы, Әкежаным Өзиң шыпа бергейсең! Әкежаным Өзиң шыпа бергейсең! Әкежаным меҳриңди аяма, Мен де аяғымнан турып кеткеймен! Көрсеткейсең Өзиң кәраматыңды, Жерди басып мен де журип кетейин. Әкежаным Өзиңниң қәлеўиң болсын, Шыпаңды бергейсең журип кеткеймен, Атыңды уллылап барҳәмә Сениң, Сениң Сөзлериңди айтып журейин!Ал бени я Раб Адонай Человека сердце жаждет Lasati Duhul Sfânt să lucreze Allahım nerdesin ? باركي يا نفسي الرب ولا تنسي كل حسناته Gloria al nome del Signor بۇل ومىردەن وتەدى ەكەن دانالار دا Joj romale šunen amen so giľavas le Devleske Stringimi a te
Song not available - connect to internet to try again?