Қиналғанның бири мен, сөйлетпеди тилимнен, Мәдет таппай жуырдым, Әкем-Сенсиз болғанымда! Мойынтурық мойынымда, тузақ қурды сум-шәйтан, Тарталмадым, қиналып Әкем - Сенсиз болғанымда! Билгенимнен айырды, қәддимди әбден майырды, Салып қойды темир торға, Әкем-Сенсиз болғанымда! Қудай бар ма; изледим мен, көп қиналып шаршадым мен, Қутқарушым сол уақытта, саз әкелди Өзиңнен! Қутқарушым келди жетип, жарық қылды әлем жузин, Шөллегенге суын берди, Әкемменен болғанымда! Нала еткен перзентиңди, қутқардың Сен раһимлеп, Қаныңменен тазаладың, Өзиңменен болғанымда! Руһыңиенен ояттың Сен, көрсеттиң туры жолыңды, Аспаннан сыйлық әкелдиң, Өзиңменен болғанымда! Еркиңе Сениң бағындым, тек Өзиңе табындым! Мейирим етип басқардың, Өзиңменен болғанымда! Сен болып мен сөйлейин, әлемге жайылсын һабарың, Сен болып мен журейин қутқарылсын таңлағаның! Әлем жузин айланайын, Хош-Һабарды тарқатайын, Куш бергин Сен - Әкежаным, Өзиңменен мен болайын! // Аспан менен жердиң гилти; қолыңда Сениң - Әкежаным! Өзиңменен һәмме болсын Қутқарылсын әлем-жузи! //Berge Versetzen Цөлийн дуу V ústrety dňom KHAMHBAWI KHA THANGTHAT KA DUH Господь Ты мой свет Боже Слышать слово kyf ybgẖḍ ạlʿạlm O Master, let me walk with Thee Севгийле Долу Бир Танръ'мъз Вар Nech zúri zima
Song not available - connect to internet to try again?