Өмир суўы, Ийса - Өзи, шөллеп қалсаң, келши достым. Өмир наны, Қудай - Сөзи, ашырқасаң, келши достым! // Ийса кирсин журегиңе, қабыл ет сен, тәўбе қыл, Қутқарады - Ол, сени де, исенимде беккем тур! // Соранаман, келши - Ийса, журеклерге, кирши - Ийса! Патшалықты - қурып онда, қуўанышқа толтыр - Ийса! // Қуўанайық, шадланайық, Өзиңменен биргеликте, Исенимде, беккем турайық, Сен - айналып келгениңше! // Қараңғыда жарқыраған, жулдызымсың Ийса - Өзиң! Айдын жолда жетелеуши, Жолбасшымсаң, Ийса - Өзиң! // Сөзлериңди уйретуши, Устазымсаң, Ийса - Өзиң! Мени қайта тәрбиялауши, Тәрбияшымсаң, Ийса - Өзиң! // Жаманлықтан, нәпәкликтен, Қорғаўшымсаң, Ийса - Өзиң! Дәртлеримди дауалауши, Шыпакерсең, Ийса - Өзиң! // Журегимде бағ орнатқан, Бағбанымсаң, Ийса - Өзиң! Отлақ-жерде жайлау еткен, Шопанымсаң, Ийса - Өзиң! //DNES UŽ VIEM, AKÝ JE PÁN bdy ạ̉ʿṭy frṣẗ 我不会为明天忧虑 نعظمك نمجدك mʿ yswʿ mạ bạkẖạf ورا سورك العالي Буюкдир Худованд Авар jyt lk wạ̉nạ mdywn День после ночи
Song not available - connect to internet to try again?