Тилегимди айтсам таң атады, Таң атып изинен күн батады. Келиңлер досларым, жыйналайық, Қудайдың бергенин биз алайық. Қудайдан тиленсек бәрин берер, Ойлаған әрманның өзи келер, Шайтанның сөзине қосылмайық, Қудайдың сөзин биз умытпайық. Бизлер деп қурбанлық болғаны, Атанақ ағашқа қағылғаны, Қудайдың қүдиретинен болған, Ийса Масихты бюиз алғыслайық. Бизлер ушын Ийса қанын төкти, Изинде көз жасын халық төкти, Қудайдың жолын биз умытпайық, Мәңги жүрегимизде сақлайық. Арадан неше мың жыллар өтти, Соңынан бизлерге келип жетти, Неше бир пайғамбар болып кетти, Ийсаның өмирин алғыслайық. Досларым халықты биз ойлайық, Мәңгилик өмирге алып барайық, Мәңгилик өмирдиң рәһәти бар, Қудайдың сөзин биз умытпайық.Beni Kuvvetlendirende zhè chéng yǒu bī pò jiù táo dào nà chéng Худовандка янги бир қўшиғ айтинг Bergsig: Heilige Here وو، قۇداي، سەن مەنەن جاقشى Dilo A Cristo Беним дуам Es mi gozo tanto ạlrb hw ʿznạ هذا هو اليوم السعيد
Song not available - connect to internet to try again?