Қудай Сениң ардақлайын атыңды, Қосық пенен тарқатайын даңқыңды // Әкежаным илҳам бергин Сен маған, Оятайын уйқыдағы халқымды! // Тилимди мен тапсырайын Өзиңе, Қолларымды тапсырайын еркиңе! // Әкежаным Өзиң айтшы, Өзиң жаз, Хош Хабарды тарқатайын елиме! // Халқым ушын көздиң жасын булайын, Сени еле танымаған журтым бар. Қүдиретли бир Қудайдан сорайын, Сада ғана кишкене бир халқым бар. Халқым бүгин қыйналмақта Әкежан, Қәўип-қәтер хәм де түрли азаптан. Қутқара гөр қарақалпақ халқын Сен, Дөнип турған неше түрли апаттан. Халқым ушын жалбарынып сорайман, Жарылқай гөр, қутқарылмай қалмасын. Жүз бурып бәри жаман руухлардан, Ҳәр биреўи хызметшиңе айлансын. Ийса Өзиң жарылқай гөр халқымды, Халқым көби еситпеген атыңды, Соранаман, қарақалпақ халқыма, Таныстырғын, Өзиң ҳаслы затыңды.ىيسا، سۉيۅم سەنى تاازئم قىلام Когда Иисус наполнит сердце يا إلهي Daddy sang bass Ey Bütün Uluslar Он был таким как мы ىيىق رۇح، كەلگىن بىزگە Իմ Տեր, Իմ Կյանքի Իշխան Szent Az Úr Iso najotkorim deb
Song not available - connect to internet to try again?