// Бул дүньяда мен жасап, Көп қәте, күнә қылдым. Көзлеримнен жас төгип, Қыйналып өмир сүрдим. // // Ей, Қудайым, бармысаң деп, Маған жәрдем бер Сен деп. Азап шеккен кеўлимде, Шөл-көллерин қылмадың. // // Қудайымның мийримин, Кейинирек билгенмен. Күнә деген дозақтан, Қутқарыўшы келгенин. // // Көзлеримнен жас аралас, Қыйналып жүрген едим. Бул өмирден үмит қылмай, Түңилип отырған едим. // Бул дүньяға келген соң, Жалғыз пана Ийсаны. Күнәлерден суўырып, Мухаддес оның қаны. Бул дүньяға келген соң, Жалғыз пана Ийсаны. Күнәлерден суўырып, Мухаддес оның қаны. Қайырмасы: Үмитлерге үмит берди, Жылағанға жубаныш. Қыйналғанға тынышлық, Жарық болып Ийса келди. Үмитлерге үмит берди, Жылағанға жубаныш. Қыйналғанға тынышлық, Жарық болып Ийса келди. // Көзлеримде қуўаныш жасы, Жүрегимде тынышлық. Жубатады Оның сөзи, Рахмет Саған, Қудай Улы. // // Күнәдан мен азат болдым, Ийса мени қутқарды. Ап-пақ болып төгилген, Мухаддес қаны менен. //Sa-L preamărim pe Dumnezeu Con toda gloria y toda majestad Sana Hamdederim! Her Şeyden Daha Çok Chainbreaker Come un sigillo ạ̹ʿjny wsẖklny bạ̹dyk Ҡар бөртөктәре zhǔ ài bǎ wǒ men jǐn xiāng lián Allah Dimuliakanlah Небо для меня присутствие Твое
Song not available - connect to internet to try again?