Қайғы-азапларға толы, көзинен жас ағады. Ийса бағда, Өзи қалып, аспанға нәзер салды. Өлу уақыты жақын қалды, жузинен қан ағады, Илһамланған ибадати, Оған жәрдем береди! Киндейди жахан хаққында, қыйналған уақытларда Бир Өзи қараңғылықта, жолдаслары қай жерде Уйқыда Ол дууа етер изиндегилер хаққында Жүзинен тер хәм қан ағар, келди дослар алдына Уйқламаңлар таң атқанша, өлимим жақынласты Келисим қаны төгилмегенше, ояу болыңлар енди Натуры адымлар атып, қыянетши де келди Ийемиз оны қарсы алып, орнынан турып шықты Хәй достым деди Ийемиз, алдыма неге келдиң Шадлан устаз деп Яхуда, Оған қыянет етти Ғәзепленип бақырғанлар, өлимин талап етти Қәлемеймиз деп инсанлар, өз Масийхын куғын қылды Биз ушын ағашта өлгенде, Қутқарыушы хәм Ийемиз Боран болып жер жүзинде, қараңғы түсти шексиз Гөрлер ашылып Голгофа қыбырлап турар еди // Ибадатхананың әзиз пердеси, қолсыз жыртылып кетти //Ava mu südame silmad أحمدك من كل قلبي - I'll praise you О Па мой Папа Spoczniesz sobie po pielgrzymce إلمسني Suntem doar nişte călători Rien ne peut de nos coeurs Iso Masih orqali Sana Muhtacım Birgina Isoda baxtiyor boʻldim
Song not available - connect to internet to try again?