Қудай Сениң ардақлайын атыңды, Қосық пенен тарқатайын даңқыңды // Әкежаным илҳам бергин Сен маған, Оятайын уйқыдағы халқымды! // Тилимди мен тапсырайын Өзиңе, Қолларымды тапсырайын еркиңе! // Әкежаным Өзиң айтшы, Өзиң жаз, Хош Хабарды тарқатайын елиме! // Халқым ушын көздиң жасын булайын, Сени еле танымаған журтым бар. Қүдиретли бир Қудайдан сорайын, Сада ғана кишкене бир халқым бар. Халқым бүгин қыйналмақта Әкежан, Қәўип-қәтер хәм де түрли азаптан. Қутқара гөр қарақалпақ халқын Сен, Дөнип турған неше түрли апаттан. Халқым ушын жалбарынып сорайман, Жарылқай гөр, қутқарылмай қалмасын. Жүз бурып бәри жаман руухлардан, Ҳәр биреўи хызметшиңе айлансын. Ийса Өзиң жарылқай гөр халқымды, Халқым көби еситпеген атыңды, Соранаман, қарақалпақ халқыма, Таныстырғын, Өзиң ҳаслы затыңды.오직 믿음으로 Le centre de ma vie Хайди Халк Гелин Раб Иса'я Мўъжизали Исм - Исода.. Пою Господу Вовеки Десница Твоя сильна Рәббим Әйса Рәббим Өзүң Pokoj vám علمني يا رب طريقك شهادتي أذيع بين الجموع Буна Танъъм
Song not available - connect to internet to try again?