Жаратқан жерди де аспанды да, Шын сүйип, бас ийемен Қудайыма, Адамзат гүнадан қутылсын деп, Жиберди Өз Улы - Исаныда! Жетеле мени, жетеле, Әжайып бейиш төрине, Руўхыңды берсең геўдеме, Мәңгилик қулман Өзиңе! Өзиңе ғана бағынаман, Өзиңе ғана табынаман, Өзиңнен артық панам жоқ, Қудайым Саған сыйынаман. Адасып көп жыллар шаршадым мен, Сонда да тынышлық таппадым мен, Сол сәтте Қудайды еске алып ем, Баҳытқа бөленип, шадландым мен. Оқыдым Мухаддес Китабыңды, Жүрегим азаптан қутқарылды, Умыттым қайғымды, азабымды, Өйткени таныдым Қудайымды!rby yswʿ ḥbyby Хвала хвала Naýryzda jańa jyl bastaımyz Коли я йшла Он может всё Тебя лишь славить хочу я Буюк ном Yeshua Как дивна велика любовь Твоя Отче мой От Тебя я ушел
Song not available - connect to internet to try again?