Тилегимди айтсам таң атады, Таң атып изинен күн батады. Келиңлер досларым, жыйналайық, Қудайдың бергенин биз алайық. Қудайдан тиленсек бәрин берер, Ойлаған әрманның өзи келер, Шайтанның сөзине қосылмайық, Қудайдың сөзин биз умытпайық. Бизлер деп қурбанлық болғаны, Атанақ ағашқа қағылғаны, Қудайдың қүдиретинен болған, Ийса Масихты бюиз алғыслайық. Бизлер ушын Ийса қанын төкти, Изинде көз жасын халық төкти, Қудайдың жолын биз умытпайық, Мәңги жүрегимизде сақлайық. Арадан неше мың жыллар өтти, Соңынан бизлерге келип жетти, Неше бир пайғамбар болып кетти, Ийсаның өмирин алғыслайық. Досларым халықты биз ойлайық, Мәңгилик өмирге алып барайық, Мәңгилик өмирдиң рәһәти бар, Қудайдың сөзин биз умытпайық.พระเจ้าทรงเลี้ยงดู Qyzyqty telefonym bar JEŽIŠ JE VÍŤAZ Когда Бог близок - на душе покой Доимо мен ишонаман Misaora! Misaora an'i jehovah Ара Бютюн Дюняйъ أجمل ما تشوفه عيني ạ̉qdr ạ̉tkẖyl أحبك إذ قد سمعت صلاتي
Song not available - connect to internet to try again?